Тел: +998-91) 190-00-76
Email: info@mediator.uz
Иш вақти: 09:00 - 18:00

Бирге ислесиўдиң әҳмийети артпақта

Бирге ислесиўдиң әҳмийети артпақта


Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы Қарақалпақстан кеңесинде «Өзбекстан Республикасында жәмийетлик кеңеслер: Ҳуқықый тийкарлары ҳәм халықаралық тәжирийбе» атамасында семинар шөлкемлестирилди.

Семинарға республикалық, қалалық ҳәм районлық ҳәкимликлер жанындағы Жәмийетлик кеңеслердиң ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң басшылары қатнасты.

Семинарды өткериўден мақсет – мәмлекетлик уйымлар жанындағы жәмийетлик кеңеслердиң жумысы, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен нызамлар ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер, сондай-ақ, халықаралық тәжирийбе менен таныстырыў, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң дәрежесин арттырыў болып есапланады.

Семинарда Өзбекстан мәмлекетлик емес шөлкемлери миллий ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Жәмийетлик кеңес ағзасы Қ.Каримходжаев, «Демократия ҳәм инсан ҳуқықлары институты» директоры, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Жәмийетлик кеңес баслығының орынбасары, юридика илимлериниң кандидаты С.Ходжаева, усы институттың басқарыў ағзасы, Өзбекстан Республикасы Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги жанындағы жәмийетлик кеңес баслығының орынбасары, юридика илимлериниң докторы Ф.Отахонов, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Т.Романов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң Өзбекстандағы жәмийетлик қадағалаўды ҳәм социаллық-ҳуқықый реформаларды әмелге асырыўдағы әҳмийетин атап өтти.

Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң халықаралық ҳәм жергиликли грант таңлаўларындағы қатнасыўын күшейтиў, жәмийетлик әҳмийетке ийе болған жойбарларды қәлиплестириўдеги машқалалар, мәмлекетлик уйымлар жанындағы жәмийетлик кеңеслер, оның ҳуқықый тийкарлары ҳәм халықаралық тәжирийбелер ҳаққында мағлыўматлар берилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Атап өтилгениндей, реформаларды нәтийжели әмелге асырыўда бир яки еки мәмлекетлик уйымлардың ис-ҳәрекетлери менен унамлы нәтийжеге ерисе алмаймыз. Сонлықтан, бул бағдарда барлық уйымлар, мәмлекетлик шөлкемлер менен биргеликте барлық пуқараларымыз ҳәм жәмийетлик қадағалаў институтларының имканиятларынан да кеңнен пайдаланыўымыз зәрүр.

Соның менен биргеликте, жәмийетлик қадағалаўды алып барыўда айрықша орын тутатуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ролин және де күшейтиў, орынларда тараўлардағы жумыслардың барысын комплексли үйрениў, пайда болып атырған машқалаларды сапластырыў бойынша тийкарланған усынысларды таярлап, оларды тийисли уйымларға усынып барыў келешектеги нызам жойбарларын таярлаўда, ҳүкиметлик қарар ҳәм бағдарламаларды ислеп шығыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Буннан тысқары, пуқаралардың ҳуқықый билимлери менен ҳуқықый мәдениятын және де арттырыў да бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан болып есапланады.

«Демократия ҳәм инсан ҳуқықлары институты», USAID шөлкеми менен биргеликте, «Өзбекстан Республикасының «Жәмийетлик қадағалаў ҳаққында»ғы нызамының орынланыўы ҳәм социаллық-ҳуқықый реформаларды әмелге асырыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң роли ҳәм мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара қатнасықлары ҳаққында жәмийетлик пикирди үйренбекте. Семинарда бул бойынша дүзилген сораўнамаға билдирилген пикирлер додаланды.

Семинар даўамында қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды. 

Манба



«    Апрель 2024    »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
2930